-
|Génesis 44:1| Юсуп өзиниң үй басқарыўшысына былай деп буйырды: «Бул адамлардың қапларын өзлери көтере алғанша азық-аўқатқа толтыр ҳәм ҳәр бириниң гүмисин қабының аўзына сал.
-
-
-
|Génesis 44:2| Ең генжесиниң қабының аўзына ғәлле ушын төленген гүмисине қоса, мениң гүмис кесемди де салып қой». Үй басқарыўшысы Юсуптиң айтқанындай етип иследи.
-
-
-
|Génesis 44:3| Ертеңине таң атыўдан, сол адамлар ешеклери менен бирге жолға атландырылды.
-
-
-
|Génesis 44:4| Олар қаладан узақлап кетпей турып, Юсуп өзиниң үй басқарыўшысына былай деп буйырды: «Бар, сол адамлардың изинен қуў. Жетип алғаныңнан кейин, оларға былай деп айт: „Не ушын сизлер жақсылыққа жаманлық қайтардыңыз?
-
-
-
|Génesis 44:5| Не ушын хожайынымның гүмис кесесин урлап кеттиңиз? Хожайыным оннан ишип, оны пал ашыў ушын қолланады-ғо. Сизлер жаман ис иследиңлер“».
-
-
-
|Génesis 44:6| Үй басқарыўшысы ағалы-инилилердиң изинен қуўып жетип, оларға усы гәплерди айтты.
-
-
-
|Génesis 44:7| Ағалы-инилилер оған: — Мырзамыз, не ушын бундай сөзлерди айтып турсыз? Сизиң қулларыңыз болған бизлер бундай ислерди ислеўден аўлақпыз.
-
-
-
|Génesis 44:8| Ҳәтте, бизлер қапларымыздың аўзынан тапқан гүмисти Кенаан жеринен сизге қайтарып әкелип берген едик-ғо. Қалай бизлер хожайыныңыздың үйинен гүмис ямаса алтын урлаймыз?
-
-
-
|Génesis 44:9| Гүмис кесе қулларыңыздың қайсы биринен табылса, сол өлтирилсин, ал қалғанларымыз хожайынымызға қул болайық, — деди.
-
-
-
|Génesis 44:10| Үй басқарыўшысы: — Мейли, сизлер айтқандай болсын. Кесе кимнен табылса, сол мениң қулым болады. Ал қалғанларыңыз айыпсыз боласыз, — деди.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
