-
|Génesis 8:1| Бирақ Қудай Нухты ҳәм оның менен бирге кемеде болған жабайы ҳайўанлар менен малларды есине түсирип, жер бетине самал естирди. Сонда суўлар азайа баслады.
-
-
-
|Génesis 8:2| Туңғыйықтың булақлары ҳәм аспанның қақпақлары жабылып, жаўын тынды.
-
-
-
|Génesis 8:3| Суўлар әсте-әсте жер бетинен қайта баслады ҳәм бир жүз елиў күннен кейин азайып қалды.
-
-
-
|Génesis 8:4| Кеме жетинши айдың он жетинши күни Арарат таўлары үстинде тоқтады.
-
-
-
|Génesis 8:5| Суўлар оныншы айға шекем азайып, оныншы айдың биринши күнинде таўлардың төбелери көрине баслады.
-
-
-
|Génesis 8:6| Қырық күннен соң, Нух өзи соққан кемениң әйнегин ашты.
-
-
-
|Génesis 8:7| Ол бир ғарғаны ушырып жиберди. Жер бетиндеги суўлар қурығанға дейин ғарға ушып келип-кетип турды.
-
-
-
|Génesis 8:8| Соңынан Нух жер бетиндеги суўдың қайтқан-қайтпағанын билиў ушын бир кептерди ушырып жиберди.
-
-
-
|Génesis 8:9| Бирақ кептер қонатуғын жер таба алмай, және Нухқа, кемеге қайтып келди. Себеби еле жер бетин суў қаплап тур еди. Нух қолын созып, кептерди өз жанына, кемеге киргизип алды.
-
-
-
|Génesis 8:10| Жети күн күтип, Нух кептерди кемеден және шығарып жиберди.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
