Génesis


  • |Génesis 25:1| Ибрайым және Қатура деген ҳаялға үйленди.

  • |Génesis 25:2| Ол Ибрайымға Зимран, Иоқшан, Медан, Мидян, Ишбақ ҳәм Шуах атлы балаларды туўып берди.

  • |Génesis 25:3| Иоқшаннан Шеба менен Дедан туўылды. Деданның урпақларынан ашшур, летуш ҳәм леум халықлары келип шықты.

  • |Génesis 25:4| Мидянның уллары: Эфа, Эфер, Ханох, Абида ҳәм Элдаа. Булардың ҳәммеси Ибрайымның Қатурадан туўылған урпақлары еди.

  • |Génesis 25:5| Ибрайым өзиниң барлық мал-мүлкин Ысаққа қалдырды.

  • |Génesis 25:6| Ал тоқалларының балаларына көзиниң тири ўақтында саўғалар берип, оларды Ысақтан узақластырып, шығыстағы жерлерге жиберди.

  • |Génesis 25:7| Ибрайым барлығы болып бир жүз жетпис бес жыл өмир сүрди.

  • |Génesis 25:8| Ол ғаррылық дәўранын сүрип, узақ жасады, қартайған шағында деми таўысылып, қайтыс болды ҳәм өз ата-бабаларына қосылды.

  • |Génesis 25:9| Уллары Ысақ ҳәм Исмайыл оны Мамреге жақын жердеги, хетт халқынан болған Сохардың улы Эфронның атызындағы Махпела үңгирине қойды.

  • |Génesis 25:10| Ибрайым бул атызды хеттлерден сатып алған еди. Солай етип, Ибрайым ҳәм оның ҳаялы Сара сол жерге қойылды.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.