Génesis


  • |Génesis 6:1| Жер бетинде адамлар көбейе баслады. Олардан қызлар да туўылды.

  • |Génesis 6:2| Иләҳий барлықлар 11 адамлардың қызларының сулыў екенин көрип, өзлери унатқанларын ҳаяллыққа алды.

  • |Génesis 6:3| Сонда Жаратқан Ийе: «Мениң Руўхым адамзатта мәңги қалмайды, өйткени олар бары-жоғы бир адам. Адамның өмири бир жүз жигирма жыл болады», — деди.

  • |Génesis 6:4| Иләҳий барлықлар адамлардың қызларына үйленип, балалы болған күнлерде ҳәм сол күнлерден кейин де жер жүзинде дәўлер бар еди. Олар әййемги заманның атақлы қаҳарманлары ҳәм атақлы адамлары болды.

  • |Génesis 6:5| Жаратқан Ийе қарап, жер жүзинде адамзаттың жаман ислериниң көп екенин, олардың кеўлиндеги ой-нийетлериниң бәрҳама жаўызлыққа толы екенин көрди.

  • |Génesis 6:6| Ол жер бетинде адамзатты жаратқанына өкинип, жүреги ғамға толды.

  • |Génesis 6:7| Сонда Жаратқан Ийе былай деди: «Өзим жаратқан адамзатты, ҳайўанларды, жер баўырлаўшыларды ҳәм қусларды жер бетинен қырып таслайман. Себеби Мен оларды жаратқаныма өкинемен».

  • |Génesis 6:8| Бирақ Нух Жаратқан Ийениң мийримине еристи.

  • |Génesis 6:9| Нухтың өмир тарийхы мынадай: Нух заманласлары арасында ҳақ ҳәм минсиз адам болып, Қудай менен тығыз байланыста жасайтуғын еди.

  • |Génesis 6:10| Ол Сам, Хам ҳәм Яфет деген үш уллы болды.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.