Génesis


  • |Génesis 29:1| Яқып жолын даўам етип, шығыс халықларының жерлерине жетип келди.

  • |Génesis 29:2| Ол сол жердеги далада бир қудықты ҳәм қудықтың жанында жатырған үш сүриў қойды көрди. Өйткени қойлар сол қудықтан суўғарылатуғын еди. Қудықтың аўзында үлкен тас бар еди.

  • |Génesis 29:3| Барлық сүриўлер ол жерге жыйналғанда, шопанлар қудықтың аўзынан тасты алып қойып, қойларды суўғаратуғын еди. Соңынан олар тасты және өз орнына, қудықтың аўзына қоятуғын еди.

  • |Génesis 29:4| Яқып шопанлардан: — Ҳәй, туўысқанларым, қай жерденсизлер? — деп сорады. Шопанлар оған: — Бизлер Хараннанбыз, — деп жуўап берди.

  • |Génesis 29:5| Яқып олардан: — Нахордың ақлығы Лабанды таныйсызлар ма? — деп сорады. — Аўа, таныймыз, — деп жуўап берди олар.

  • |Génesis 29:6| Яқып олардан және: — Оның ҳал-жағдайы жақсы ма? — деп сорады. Олар: — Жақсы, әне, оның қызы Раҳила қойларын айдап киятыр, — деди.

  • |Génesis 29:7| Яқып оларға: — Күн батыўға еле көп ўақыт бар, ҳәзир сүриўди жыйнайтуғын ўақыт емес-ғо. Қойларыңызды суўғарып болып, және отлатып қайтқаныңыз жақсы емес пе? — деди.

  • |Génesis 29:8| Шопанлар: — Барлық сүриўлерди жыйнап, қудықтың аўзындағы тасты алып таслағанымыздан кейин ғана, бизлер қойларды суўғара аламыз, — деди.

  • |Génesis 29:9| Яқып шопанлар менен сөйлесип турғанда, Раҳила әкесиниң қойлары менен келип қалды. Себеби ол қой бағатуғын еди.

  • |Génesis 29:10| Яқып дайысы Лабанның қызы Раҳиланы ҳәм оның қойларын көргенде қудыққа барып, оның аўзындағы тасты алып таслады да, дайысы Лабанның қойларын суўғарды.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.