-
|Génesis 29:31| Жаратқан Ийе Яқыптың Леада кеўли жоқ екенин көргенде, оны туўатуғын қылды. Ал Раҳила бийперзент еди.
-
-
-
|Génesis 29:32| Леа ҳәмиледар болып, бир ул туўды. Ол: «Жаратқан Ийе мениң бахытсызлығымды көрди. Енди күйеўим мени жақсы көретуғын болады», — деп, улына Рубен 46 деп ат қойды.
-
-
-
|Génesis 29:33| Ол және ҳәмиледар болып, ул туўғанда: «Жаратқан Ийе күйеўимниң менде кеўли жоқ екенин еситти ҳәм маған бул улды да берди», — деп, улына Шимон 47 деп ат қойды.
-
-
-
|Génesis 29:34| Ол және ҳәмиледар болып, тағы бир ул туўғанда: «Енди күйеўим маған байланады, өйткени мен оған үш ул туўып бердим», — деп, улына Лебий 48 деп ат қойды.
-
-
-
|Génesis 29:35| Кейин ол және ҳәмиледар болып, тағы бир ул туўғанда: «Бул рет мен Жаратқан Ийени алғыслайман», — деди ҳәм улына Яҳуда 49 деп ат қойды. Соң ол бир қанша мүддет бала көтермеди.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
