-
|Génesis 27:1| Ысақ қартайып, көзи көрмей қалды. Ол үлкен улы Эсаўды шақырып алып, оған: — Улым! — деди. — Ләббәй! — деп жуўап берди Эсаў.
-
-
-
|Génesis 27:2| Ысақ оған былай деди: — Мине, мен қартайып қалдым, қашан өлетуғынымды билмеймен.
-
-
-
|Génesis 27:3| Енди сен қуралларыңды: садақ ҳәм оқларыңды ал да, дүзге кетип, мен ушын бир аң аўлап кел.
-
-
-
|Génesis 27:4| Кейин мен жақсы көретуғын мазалы аўқат таярлап, маған алып кел. Мен оны жеп, өлмесимнен бурын саған пәтия берейин.
-
-
-
|Génesis 27:5| Ысақ улы Эсаўға бул сөзлерди айтып атырғанда, буны Ребекка еситип турған еди. Эсаў аң аўлап әкелиў ушын дүзге кеткенде,
-
-
-
|Génesis 27:6| Ребекка улы Яқыпқа былай деди: — Мен әкеңниң әжағаң Эсаўға айтқан гәпин еситип қалдым. Әкең оған:
-
-
-
|Génesis 27:7| «Маған бир аң аўлап әкелип, мазалы аўқат таярла. Мен оны жеп, өлмесимнен бурын саған Жаратқан Ийе алдында пәтия берейин», — деди.
-
-
-
|Génesis 27:8| Улым, енди мени дыққат пенен тыңлап алып, айтқанларымды исле:
-
-
-
|Génesis 27:9| сүриўге барып, ол жерден маған еки ылақты сайлап әкел. Мен олардан әкең жақсы көретуғын мазалы аўқат таярлайын.
-
-
-
|Génesis 27:10| Соңынан сен оны жеўи ушын әкеңе апарасаң. Сонда әкең өлмесинен бурын саған пәтиясын береди.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
