Génesis


  • |Génesis 14:1| Сол ўақытлары Шынар патшасы Амрафел, Элласар патшасы Арйох, Элам патшасы Кедорлаомер ҳәм Гойым патшасы Тидал биригип,

  • |Génesis 14:2| Содом патшасы Бераға, Гомора патшасы Биршаға, Адма патшасы Шинабқа, Себойым патшасы Шемеберге ҳәм Бела патшасына, яғный Соар патшасына қарсы урыс ашты.

  • |Génesis 14:3| Ал соңғы аталған бес патша биригип, Сиддим ойпатлығында, яғный ҳәзирги Өли теңиз жайласқан орында аўқам дүзди.

  • |Génesis 14:4| Бул патшалар он еки жыл Кедорлаомердиң қол астында болып, он үшинши жылы оған қарсы бас көтерди.

  • |Génesis 14:5| Он төртинши жылы Кедорлаомер ҳәм оның менен аўқамлас болған патшалар келип, Аштерот-Қарнайымдағы рефа, Ҳамдағы зуз, Шаўе-Кирятайымдағы эм халықларын,

  • |Génesis 14:6| және де, таўлы Сеир үлкесиндеги хор халқын шөл шетиндеги Эл-Паранға дейин қыйратып, жеңилиске ушыратты.

  • |Génesis 14:7| Олар сол жерден изге қайтып, Эн-Мишпатқа, ҳәзирги Қадешке келди ҳәм амалеклердиң барлық жерлерин басып алып, Хасесон-Тамарда жасаўшы аморларды қыйратты.

  • |Génesis 14:8| Содом, Гомора, Адма, Себойым ҳәм Бела, яғный Соар патшалары Сиддим ойпатлығына шығып сап тартып турды.

  • |Génesis 14:9| Усы бес патша төрт патшаға, яғный Элам патшасы Кедорлаомерге, Гойым патшасы Тидалға, Шынар патшасы Амрафелге ҳәм Элласар патшасы Арйохқа қарсы урыс ашты.

  • |Génesis 14:10| Сиддим ойпатлығында қара май кәнлери көп еди. Содом ҳәм Гомора патшалары қашып баратырғанда олардың адамларының гейбиреўлери сол кәнлерге түсип кетти, ал қалғанлары таўға қашты.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.