-
|Génesis 12:1| Жаратқан Ийе Ибрамға: «Өз елиңди, ағайин-туўғанларыңды ҳәм әкеңниң үйин қалдырып, Мен саған көрсететуғын елге бар.
-
-
-
|Génesis 12:2| Мен сеннен уллы халық дөретемен. Сени жарылқайман ҳәм атыңды мәртебели қыламан. Сен басқаларға жарылқаў боласаң.
-
-
-
|Génesis 12:3| Сени жарылқағанларды Мен жарылқайман. Сени нәлетлегенлерди Мен нәлетлеймен. Жер жүзиндеги барлық халықлар сен арқалы жарылқанады», — деди.
-
-
-
|Génesis 12:4| Ибрам Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша жолға шықты. Лут та оның менен бирге кетти. Ибрам Хараннан шыққан ўақытта жетпис бес жаста еди.
-
-
-
|Génesis 12:5| Ол өзи менен бирге ҳаялы Сарайды, иниси Лутты, Харанда жыйнаған мал-мүлкин ҳәм хызметшилерин алды да, Кенаан жерине қарай жолға шықты. Олар Кенаан жерине жетип барғанда,
-
-
-
|Génesis 12:6| Ибрам ел бойлап жүрип, Шехемдеги Море теребинф терегиниң жанына барды. Сол ўақытлары усы елде кенаан халқы жасайтуғын еди.
-
-
-
|Génesis 12:7| Сонда Жаратқан Ийе Ибрамға көринип: «Мен бул жерди сениң урпағыңа беремен!» — деди. Ибрам өзине көринген Жаратқан Ийеге арнап, сол жерде қурбанлық орын қурды.
-
-
-
|Génesis 12:8| Кейин ол Бейт-Эл қаласының шығыс жағындағы таўлы жерге қарай жүрип, батыс жақтағы Бейт-Эл қаласы менен шығыс жақтағы Ай қаласының ортасына шатырын тикти. Сол жерде Ибрам Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық орын қурып, Оған сыйынды.
-
-
-
|Génesis 12:9| Соңынан ол қубла тәрепке, Негебке қарай жолын даўам етти.
-
-
-
|Génesis 12:10| Сол ўақытта елде күшли ашлық болғанлықтан, Ибрам ўақтынша жасап турыў ушын Мысырға кетти.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
