-
|Génesis 1:1| Ең баста Қудай аспан ҳәм жерди жаратты.
-
-
-
|Génesis 1:2| Жер түр-түссиз қаңырап атырған болып, туңғыйық үстин қараңғылық қаплаған еди. Ал Қудайдың Руўхы болса, суўлардың үстинде ушып жүр еди.
-
-
-
|Génesis 1:3| Сонда Қудай: «Жақтылық болсын!» — деп буйырды ҳәм жақтылық пайда болды.
-
-
-
|Génesis 1:4| Қудай жақтылықтың жақсы екенин көрди ҳәм оны қараңғылықтан ажыратты.
-
-
-
|Génesis 1:5| Солай етип, Қудай жақтылықты «күндиз», ал қараңғылықты «түн» деп атады. Кеш болып, таң атты. Бул биринши күн еди.
-
-
-
|Génesis 1:6| Қудай: «Суўлар ортасында бир гүмбез пайда болып, суўларды бир-биринен айырып турсын!» — деп буйырды.
-
-
-
|Génesis 1:7| Бул былай болды: Қудай аспан гүмбезин жаратып, гүмбез астындағы суўларды гүмбез үстиндеги суўлардан айырды.
-
-
-
|Génesis 1:8| Қудай гүмбезди «аспан» деп атады. Кеш болып, таң атты. Бул екинши күн еди.
-
-
-
|Génesis 1:9| Қудай: «Аспан астындағы суўлар бир жерге топланып, қурғақлық көринсин!» — деп буйырды. Солай болды да.
-
-
-
|Génesis 1:10| Қудай қурғақлықты «жер» деп, ал топланған суўларды «теңиз» деп атады. Қудай буның жақсы екенин көрди.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
