-
|Génesis 23:1| Сара бир жүз жигирма жети жыл өмир сүрди.
-
-
-
|Génesis 23:2| Ол Кенаан жериндеги Кирят-Арбада, яғный ҳәзирги Хебронда қайтыс болды. Ибрайым Сара ушын жылап, аза тутты.
-
-
-
|Génesis 23:3| Соңынан ол ҳаялының денесиниң қасынан шығып, хеттлерге:
-
-
-
|Génesis 23:4| — Мен араңызда келгинди ҳәм жат адамман. Өз марҳумымды жерлеп, мазар қылыўым ушын, жериңизден маған аз-маз сатыңлар, — деди.
-
-
-
|Génesis 23:5| Хеттлер Ибрайымға былай деп жуўап берди:
-
-
-
|Génesis 23:6| — Мырза, бизлерди тыңлаңыз. Сен бизлердиң арамыздағы күшли бир төресиз. Марҳумыңызды қәбирлеримиздиң ең жақсысына апарып қойыңыз. Марҳумыңызды қойыўыңыз ушын, бизлердиң ҳеш биримиз де қәбиримизди аямаймыз.
-
-
-
|Génesis 23:7| Сонда Ибрайым сол елдиң халқы болған хеттлерге тәжим етип
-
-
-
|Génesis 23:8| былай деди: — Егер сизлер мениң өз марҳумымды жерлеўиме қайыл болсаңыз, онда мени тыңлап, мен ушын Сохардың улы Эфроннан өтиниш етиңлер.
-
-
-
|Génesis 23:9| Ол өз атызының шетиндеги Махпела үңгирин маған сатсын. Сол үңгирди мазарға айландырыўым ушын, мен сизлердиң алдыңызда үңгирдиң қунын толық төлеймен.
-
-
-
|Génesis 23:10| Хетт халқынан болған Эфрон өз халқының арасында отырған еди. Ол қала дәрўазасының алдына жыйналған барлық хеттлерге еситтирип, Ибрайымға:
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
