-
|Génesis 23:11| — Яқ, мырзам, мени тыңлаң. Мен үңгирге қоса атызды да беремен. Мен өз халқымның алдында оны сизге беремен. Марҳумыңызды жерлей бериң, — деп жуўап берди.
-
-
-
|Génesis 23:12| Ибрайым сол жердиң халқының алдында тәжим етти ҳәм
-
-
-
|Génesis 23:13| ҳәммеге еситтирип, Эфронға: — Өтиниш, мени тыңлаңыз, атыз ушын ақша төлейин. Оны қабыл етиң. Мен марҳум ҳаялымды сол жерге жерлейин, — деди.
-
-
-
|Génesis 23:14| Сонда Эфрон Ибрайымға:
-
-
-
|Génesis 23:15| — Яқшы, мырзам, мени тыңлаң. Жердиң баҳасы төрт жүз гүмис шекел 32. Төрт жүз шекел гүмис туратуғын бир бөлек жер бизлердиң арамызда не болыпты? Марҳумыңызды жерлей бериң, — деп жуўап берди.
-
-
-
|Génesis 23:16| Ибрайым ыразы болып, Эфрон хеттлердиң алдында еситтирип айтқан төрт жүз шекел гүмисти саўдада қолланылатуғын өлшем бойынша тәрезиге салып, өлшеп берди.
-
-
-
|Génesis 23:17| Солай етип, Мамреге жақын жердеги Махпелада орналасқан Эфронның атызы, ондағы үңгир ҳәм ол жерде өсип турған барлық тереклер
-
-
-
|Génesis 23:18| Ибрайымның меншигине айланды. Буған қала дәрўазасының алдына жыйналған барлық хеттлер гүўа болды.
-
-
-
|Génesis 23:19| Соннан кейин, Ибрайым ҳаялы Сараны Кенаан жериндеги Мамреге, яғный Хебронға жақын жердеги Махпела атызындағы үңгирге қойды.
-
-
-
|Génesis 23:20| Солай етип, хеттлерден алынған атыз ҳәм ондағы үңгир мазар сыпатында Ибрайымның мүлкине айланды.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
