-
|Génesis 32:1| Яқып жолын даўам етип баратырғанда, оған Қудайдың периштелери дус келди.
-
-
-
|Génesis 32:2| Яқып оларды көргенде: «Бул Қудай ләшкерлериниң ордасы екен-ғо!» — деп, ол жерди Маханайым 61 деп атады.
-
-
-
|Génesis 32:3| Яқып Эдом жеринде, яғный Сеир үлкесинде жасайтуғын әжағасы Эсаўға өзинен алдын хабаршылар жиберди.
-
-
-
|Génesis 32:4| Яқып оларға буйырып: «Мырзам Эсаўға қулы Яқыптың усы ўақытқа шекем Лабандикинде болып, сол жерде жасағанын,
-
-
-
|Génesis 32:5| қара маллар, ешеклер, қой-ешкилер, қул ҳәм шорыларға ийе болғанын, енди ол мырзасының кеўлин табыў ушын, бул хабарды жоллап атырғанын айтыңлар», — деди.
-
-
-
|Génesis 32:6| Хабаршылар қайтып келип, Яқыпқа: «Бизлер әжағаңыз Эсаўға бардық. Ол төрт жүз адам менен бирге сизди қарсы алыўға киятыр», — деди.
-
-
-
|Génesis 32:7| Сонда Яқып қатты қорқып, албырап қалды. Ол адамларын, қой-ешкилерин, қара малларын ҳәм түйелерин еки топарға бөлди.
-
-
-
|Génesis 32:8| Яқып: «Егер Эсаў келип, бир топарды қырып тасласа, екинши топар қутылып қалыўы мүмкин», — деп ойлады.
-
-
-
|Génesis 32:9| Соңынан Яқып былай деп дуўа етти: «Атам Ибрайымның ҳәм әкем Ысақтың Қудай Ийеси! Сен маған: „Өз елиңе ҳәм туўған-туўысқанларыңа қайт, Мен саған жақсылық қыламан“, — деген едиң.
-
-
-
|Génesis 32:10| Мендей қулыңа көрсеткен барлық жақсылығыңа ҳәм садықлығыңа ылайықлы емеспен. Мен Иордан дәрьясын кесип өткенимде, таяғымнан басқа ҳеш нәрсем жоқ еди. Енди болса, еки топар болып қайттым.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
