-
|Génesis 32:11| Жалбарынаман, мени әжағам Эсаўдан қорға! Өйткени мен оның келип, мени ҳәм мениң балаларымды аналары менен бирге өлтириўинен қорқаман.
-
-
-
|Génesis 32:12| Сен маған: „Саған жақсылық қыламан, урпағыңды теңиздиң қумындай сансыз етип көбейтемен“, — деген едиң».
-
-
-
|Génesis 32:13| Яқып түнди сол жерде өткизди. Ол өзинде бар затлардан ағасы Эсаўға саўға етиў ушын ажыратты.
-
-
-
|Génesis 32:14| Олар: еки жүз бас ешки, жигирма бас теке, еки жүз бас қой, жигирма бас қошқар,
-
-
-
|Génesis 32:15| отыз бас боталы түйе, қырық бас сыйыр, он бас буға, жигирма урғашы ҳәм он еркек ешек еди.
-
-
-
|Génesis 32:16| Яқып оларды падаларға бөлип, қулларына тапсырды ҳәм оларға: «Мениң алдымда жүриңлер, ҳәр паданың арасында аралық болсын», — деди.
-
-
-
|Génesis 32:17| Ол биринши болып жүретуғын қулға былай деп буйрық берди: «Әжағам Эсаў сени ушыратып, сеннен: „Кимниң қулысаң? Қаяққа баратырсаң? Алдыңдағы мына пада кимдики?“ — деп сораса,
-
-
-
|Génesis 32:18| оған: „Булар қулыңыз Яқыптики. Олар мырзам Эсаўға жиберилген саўға. Мине, оның өзи де бизиң изимизден киятыр“, — деп айт».
-
-
-
|Génesis 32:19| Яқып екинши, үшинши болып киятырған қулларға ҳәм падаларды айдап киятырғанлардың ҳәммесине де буйырып: «Эсаў менен ушырасқаныңызда, сизлер де солай айтыңлар.
-
-
-
|Génesis 32:20| „Қулыңыз Яқып изимизде киятыр“, — деңлер», — деди. Себеби Яқып: «Өзимнен бурын жиберген саўғаларым менен оның жүрегин жибиткенимнен соң ғана, оның көзине көринейин, мүмкин, сонда ол мени қабыл етер», — деп ойлады.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
