Génesis


  • |Génesis 38:1| Сол ўақытлары Яҳуда туўысқанларынан бөлинип, адулламлы Хира деген адамның қасына барып орналасты.

  • |Génesis 38:2| Яҳуда сол жерде Шуа деген кенаанлы бир адамның қызын ушыратып, оған үйленди.

  • |Génesis 38:3| Ҳаял ҳәмиледар болып, ул туўды. Яҳуда оған Эр деп ат қойды.

  • |Génesis 38:4| Ҳаялы және ҳәмиледар болып, ул туўды ҳәм оған Онан деп ат қойды.

  • |Génesis 38:5| Ол тағы бир ул туўып, оның атын Шела деп қойды. Ол туўылғанда, Яҳуда Кезибте еди.

  • |Génesis 38:6| Яҳуда туңғышы Эрди бир қызға үйлендирди. Қыздың аты Тамара еди.

  • |Génesis 38:7| Яҳуданың туңғышы Эр Жаратқан Ийениң нәзеринде наҳақ адам болғанлықтан, Жаратқан Ийе оның жанын алды.

  • |Génesis 38:8| Сонда Яҳуда Онанға: «Қәйинлик ўазыйпаңды орынлап, жеңгеңе үйлен ҳәм әжағаңның урпағын даўам еттир», — деди.

  • |Génesis 38:9| Бирақ Онан Тамарадан туўылған балалардың өзиники болмайтуғынын билетуғын еди. Сонлықтан ол әжағасының ҳаялы менен жатқанда, әжағасынан урпақ қалмасын деп, урығын жерге төгип жиберетуғын еди.

  • |Génesis 38:10| Оның бул иси Жаратқан Ийениң нәзеринде наҳақлық болғанлықтан, Жаратқан Ийе оның да жанын алды.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.