Génesis


  • |Génesis 38:21| Сонда достысы сол жердиң адамларынан: — Энайымда, жол шетинде бир бузық ҳаял бар еди, ол қаяқта? — деп сорады. Олар: — Бул жерде ондай ҳаял жоқ, — деп жуўап берди.

  • |Génesis 38:22| Достысы Яҳуданың жанына қайтып келип: — Ҳаялды таба алмадым. Сол жердиң адамлары да ол жерде ҳеш қандай бузық ҳаялдың болмағанын айтты, — деди.

  • |Génesis 38:23| Яҳуда: — Мейли, сол затлар ҳаялда қала берсин. Тек ҳеш кимге масқара болмасақ болғаны. Мен ылақты жиберген едим, бирақ сен ҳаялды таба алмадың, — деди.

  • |Génesis 38:24| Шама менен үш айдай ўақыт өткенде, Яҳудаға: «Келиниң Тамара бузықшылық ислепти, ол ҳәзир ҳәмиледар», — деген хабар жетти. Сонда Яҳуда: «Оны далаға алып шығып, жағып жибериңлер», — деди.

  • |Génesis 38:25| Тамараны далаға алып шыққанда, ол қәйин атасына: «Мен мына затлардың ийесинен ҳәмиледар болдым. Анықлап қараң, бул мөр, оның жиби ҳәм ҳаса кимдики?» — деп хабар жиберди.

  • |Génesis 38:26| Яҳуда затларды танып: «Ҳақыйқатлық ол тәрепте, себеби мен оны улым Шелаға алып бермедим», — деди. Соннан кейин, Яҳуда Тамара менен қайтып жақынласқан жоқ.

  • |Génesis 38:27| Тамараның туўыў ўақты келгенде, қарнында егиз бала барлығы мәлим болды.

  • |Génesis 38:28| Ол босанып атырған ўақытта, егизлердиң бири қолын сыртқа шығарды. Киндик шешеси баланың қолын услап: «Бул биринши болып туўылды», — деп оның билегине қырмызы жип байлап қойды.

  • |Génesis 38:29| Бирақ ол қолын ишке тартып алды ҳәм сол ўақытта оның сыңары туўылды. Сонда киндик шешеси: «Сен қалайынша тосқынлықты бузып өттиң?» — деди. Сонлықтан оған Перес 69 деп ат қойылды.

  • |Génesis 38:30| Соңынан билегине қырмызы жип байланған оның сыңары туўылды. Оған Зерах 70 деп ат қойды.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.