-
|Génesis 16:1| Ибрамның ҳаялы Сарай оған еле бала туўып бермеген еди. Сарайдың Ажар деген мысырлы шорысы бар еди.
-
-
-
|Génesis 16:2| Сарай Ибрамға: «Минекей, Жаратқан Ийе мени бала туўыўдан маҳрум етти. Сен мениң шорым менен жат, мүмкин, ол арқалы балалы боларман», — деди. Ибрам Сарайдың сөзине қулақ асты.
-
-
-
|Génesis 16:3| Солай етип, Ибрамның Кенаан жеринде жасағанына он жыл болғанда, Сарай өзиниң мысырлы шорысы Ажарды Ибрамға ҳаяллыққа алып берди.
-
-
-
|Génesis 16:4| Ибрам Ажар менен жатқаннан соң, ол ҳәмиледар болды. Ажар өзиниң ҳәмиледар екенлигин билгенде, ханымын менсинбей қойды.
-
-
-
|Génesis 16:5| Сарай Ибрамға: — Мениң жәбир шегиўиме сен айыплысаң. Мен өзимниң шорымды сениң қойныңа салдым, ал ол өзиниң ҳәмиледар екенин билгенде, мени менсинбей қойды. Сениң менен мениң арамда Жаратқан Ийениң Өзи қазылық етсин, — деди.
-
-
-
|Génesis 16:6| Ибрам Сарайға: — Шорың сениң қолыңда емес пе? Оған не қыламан десең де, өзиң билесең, — деди. Солай етип, Сарай Ажарға қатты азап бере баслағанлықтан, Ажар оннан қашып кетти.
-
-
-
|Génesis 16:7| Жаратқан Ийениң периштеси оны шөлдеги булақтың жанынан, Шурға 20 апаратуғын жолдың бойынан таўып:
-
-
-
|Génesis 16:8| — Сарайдың шорысы Ажар, қаяқтан келип, қаяққа баратырсаң? — деп сорады. Ол: — Мен ханымым Сарайдан қашып баратырман, — деп жуўап берди.
-
-
-
|Génesis 16:9| Сонда Жаратқан Ийениң периштеси оған: — Ханымыңа қайтып бар ҳәм оған бойсын, — деди.
-
-
-
|Génesis 16:10| Периште даўам етип: — Мен сениң урпақларыңды соншелли көбейтемен, оларды ҳеш ким санай алмайтуғын болады, — деди.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
