-
|Génesis 50:1| Сонда Юсуп өзин әкесиниң үстине таслап, жылап турып, оны сүйди.
-
-
-
|Génesis 50:2| Ол өз хызметиндеги шыпакерлерге әкесиниң денесин мумиялаўды буйырды. Олар Израилды мумиялады.
-
-
-
|Génesis 50:3| Бул ис қырық күнге созылды. Себеби мумиялаўға сонша ўақыт керек еди. Мысырлылар Израил ушын жетпис күн аза тутты.
-
-
-
|Génesis 50:4| Азалаў күнлери өткеннен кейин, Юсуп фараонның ўәзирлерине: «Егер маған кеўлиңиз толған болса, фараонға мыналарды жеткизиңлер.
-
-
-
|Génesis 50:5| Әкем маған ант иштирип: „Мениң өлимим жақынласты. Мени Кенаан жериндеги өзим ушын қаздырған қәбирге апарып қой“, — деген еди. Енди фараон әкемди жерлеп қайтыўыма рухсат берсин», — деди.
-
-
-
|Génesis 50:6| Сонда фараон Юсупке: «Әкеңе берген антыңды орынлап, оны жерлеп қайт», — деди.
-
-
-
|Génesis 50:7| Солай етип, Юсуп әкесин жерлеўге кетти. Фараонның барлық хызметшилери, сарайдың ҳәм Мысыр елиниң басшылары оның менен бирге кетти.
-
-
-
|Génesis 50:8| Сондай-ақ, Юсуптиң пүткил хожалығы, туўысқанлары ҳәм әкесиниң үй-иши де оның менен бирге еди. Тек балаларды, майда ҳәм ири малларды Гошен жеринде қалдырды.
-
-
-
|Génesis 50:9| Арбалар ҳәм атлылар да оларға қосылып, үлкен көшке айланды.
-
-
-
|Génesis 50:10| Олар Иордан дәрьясының шығысындағы Атад қырманына жетип барғанда, ўай-ўайлап жылап, даўыс шығарды. Юсуп әкеси ушын жети күн аза тутты.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
