Génesis


  • |Génesis 49:1| Яқып улларын жанына шақырып алып, былай деди: «Жаныма жыйналыңлар, мен келешекте сизлерге не болатуғынын билдирейин.

  • |Génesis 49:2| Жыйналып қулақ салыңлар, Ҳәй, Яқып уллары, Тыңлаңыз әкеңиз Израилды!

  • |Génesis 49:3| Ҳәй сен, Рубен, мениң туңғышым, Еркеклик күшимниң дәслепки жемиси, Сен ҳүрмет ҳәм күш жағынан ең үстинсең.

  • |Génesis 49:4| Бирақ тасқаның ушын суў сыяқлы, Үстем болмайсаң ҳеш қашан енди. Өйткени кирдиң сен әкеңниң төсегине, Төсегиме кирип, ҳарамладың оны.

  • |Génesis 49:5| Ағайинли Шимон ҳәм Лебий, Қылышлары — жаўызлық қуралы.

  • |Génesis 49:6| Олардың жасырын жобасына шерик болмайын, Жыйынына да қатнаспайын мен. Себеби олар ашыўға минип, адам өлтирди, Кеўли күсегенин қылып, Кести буғалардың аяқ сиңирин.

  • |Génesis 49:7| Нәлет жаўсын олардың реҳимсиз ашыўына, Нәлет жаўсын олардың жаўыз ғәзебине! Оларды бөлип жиберип, Яқып халқының арасына, Тарқатаман Израил халқының арасына.

  • |Génesis 49:8| Ҳәй Яҳуда, туўысқанларың сени мақтайды. Қолың жаўыңның желкесинен түспейди, Туўысқанларың алдыңда бас ийеди.

  • |Génesis 49:9| Яҳуда, сен жас арыслансаң, Улым мениң! Аң аўлап қайттың, Жатасаң арыслан сыяқлы ширенип, Мазаңды алыўға кимниң батылы жетер?

  • |Génesis 49:10| Ҳақыйқый ийеси келгенге дейин, Патшалық ҳасасы алынбас сеннен. Бийлик бәрқулла сеники болып, Халықлар саған бойсынар.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.