Génesis


  • |Génesis 22:1| Бир қанша ўақыттан кейин, Қудай Ибрайымды сынады. Қудай оған: — Ибрайым! — деди. Ибрайым: — Ләббәй! — деди.

  • |Génesis 22:2| Сонда Қудай оған: — Өзиңниң сүйикли жалғыз улың Ысақты алып, Мория жерине бар. Ол жерде, Мен саған көрсететуғын таўлардың биринде оны қурбанлыққа шалып, жағып жибер, — деди.

  • |Génesis 22:3| Ибрайым ертеңине азанда ерте турып, ешегине жүклерди артты. Ол өзи менен бирге еки хызметши баласын ҳәм улы Ысақты алды. Қурбанлық ушын отын шаўып болып, Қудайдың өзине айтқан жерине барыў ушын жолға шықты.

  • |Génesis 22:4| Үшинши күни Ибрайым көз таслап, айтылған орынды узақтан көрди.

  • |Génesis 22:5| Ибрайым хызметшилерине: — Сизлер усы жерде ешек пенен бирге қалыңлар. Ал бизлер баламыз екеўимиз ана жерге барып, Қудайға сыйынамыз ҳәм сизлерге қайтып келемиз, — деди.

  • |Génesis 22:6| Ибрайым қурбанлық ушын шаўылған отынларды баласы Ысаққа арқалатып, өзи от пенен пышақты алды. Соңынан екеўи бирге жүрип кетти.

  • |Génesis 22:7| Кетип баратырып, Ысақ әкесине: — Аға! — деди. — Ләббәй, улым, — деди Ибрайым. Ысақ оннан: — Минекей, от ҳәм отын бар. Бирақ жандырылатуғын қурбанлық ушын берилетуғын қозы қәне? — деп сорады.

  • |Génesis 22:8| Ибрайым: — Улым, жандырылатуғын қурбанлық болатуғын қозыны Қудайдың Өзи жеткизеди, — деп жуўап берди. Солай етип, олар екеўи жолын даўам етти.

  • |Génesis 22:9| Олар Қудайдың Ибрайымға айтқан жерине жетип келгенде, Ибрайым қурбанлық орын қурып, оның үстине отынларды қалады. Кейин улы Ысақты байлап, қурбанлық орындағы отынлардың үстине жатқызды.

  • |Génesis 22:10| Ибрайым баласын баўызламақшы болып, пышақты алды.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.