Génesis


  • |Génesis 37:1| Яқып әкеси келгинди болып жасаған Кенаан жеринде жасай берди.

  • |Génesis 37:2| Яқыптың урпақларының тарийхы төмендегише: Юсуп он жети жасар ўақтында әжағаларына, яғный әкесиниң ҳаяллары Билҳа менен Зилпаның улларына қой-ешкилерди бағысатуғын еди. Ол әкесине әжағаларының жаман ислери ҳаққында жеткизип туратуғын еди.

  • |Génesis 37:3| Израил Юсупти басқа барлық улларынан гөре көбирек жақсы көрди, өйткени ол Израилдың қартайған шағында көрген улы еди. Әкеси Юсупке нағыслы шапан тиккизип берди.

  • |Génesis 37:4| Юсуптиң әжағалары әкесиниң оны өзлеринен гөре көбирек жақсы көретуғынын билгенде, оны жек көрип қалды ҳәм енди оның менен жыллы сөйлесе алмайтуғын болды.

  • |Génesis 37:5| Бир күни Юсуп түс көрди. Ол өз түсин әжағаларына айтып бергенде, олар Юсупти бурынғыдан да бетер жек көрип қалды.

  • |Génesis 37:6| Юсуп әжағаларына: — Мен көрген түсимди айтып берейин, тыңлаңлар!

  • |Génesis 37:7| Түсимде бизлер атызда дәстелерди баўлап атырған екенбиз. Бирден мениң баўлаған баўым жерден көтерилип, тик турды. Ал сизлердиң баўларыңыз мениң баўымды дөгереклеп, оған тәжим етти, — деди.

  • |Génesis 37:8| Юсуптиң әжағалары оған: — Сен еле бизлердиң үстимизден патша болып, бизлерди басқармақшымысаң? — деди. Көрген түсин айтқаны себепли әжағалары оны бурынғыдан да бетер жек көрип қалды.

  • |Génesis 37:9| Кейин Юсуп тағы бир түс көрди ҳәм оны да әжағаларына айтып берип былай деди: — Тыңлаңлар, мен және бир түс көрдим. Түсимде қуяш, ай ҳәм он бир жулдыз маған тәжим етип атырған екен.

  • |Génesis 37:10| Юсуп бул түсин әкесине де айтып бергенде, әкеси оған кейип: — Сен қандай түс көрдиң өзи? Сонда не мен, анаң ҳәм әжағаларың алдыңа келип, жерге дейин ийилип, тәжим етемиз бе? — деди.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.