Génesis


  • |Génesis 37:11| Әжағалары Юсупке қызғаныш пенен қараўды даўам етти, бирақ әкеси оның сөзлерин есинде сақлап қалды.

  • |Génesis 37:12| Бир күни Юсуптиң әжағалары әкесиниң қой-ешкилерин бағыў ушын Шехемге кетти.

  • |Génesis 37:13| Израил Юсупке: — Әжағаларыңның Шехемде қой-ешкилерди бағып атырғанын билесең. Бар, мен сени оларға жиберейин, — деди. — Яқшы, — деди Юсуп.

  • |Génesis 37:14| Әкеси оған: — Барып, әжағаларыңның ҳәм сүриўдиң жағдайын билип қайт, — деп оны Хеброн ойпатлығынан Шехемге жиберди. Юсуп Шехемге жетип барып,

  • |Génesis 37:15| далада адасып жүргенде, бир адам оны көрип: — Не излеп жүрсең? — деп сорады.

  • |Génesis 37:16| Юсуп оған: — Мен әжағаларымды излеп жүрмен. Олардың қой-ешкилерди қай жерде бағып жүргенин билмейсиз бе? — деди.

  • |Génesis 37:17| Ол адам Юсупке: — Олар бул жерден кетип қалды. «Дотанға барамыз», дегенин еситип қалдым, — деди. Солай етип, Юсуп әжағаларының изинен кетип, оларды Дотаннан тапты.

  • |Génesis 37:18| Әжағалары Юсупти узақтан көрди ҳәм ол еле қасларына жетип келместен бурын, оны өлтириўге тил бириктире баслады.

  • |Génesis 37:19| Олар бир-бирине: — Әне, түс көргиш киятыр!

  • |Génesis 37:20| Келиңлер, оны өлтирип, бир суў сақланатуғын шуқырға таслайық. Соңынан оны жыртқыш ҳайўан жеп кетипти, деп айтамыз. Сонда оның көрген түслериниң не болатуғынын көремиз! — деди.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.