Génesis


  • |Génesis 37:31| Сонда олар бир текени сойып, Юсуптиң нағыслы шапанын алып, оны текениң қанына былғады.

  • |Génesis 37:32| Соңынан шапанды әкесине жиберип: — Бизлер мынаны таўып алдық. Қара, бул улыңның шапаны емес пе? — деп соратты.

  • |Génesis 37:33| Яқып шапанды танып: — Аўа, бул — улымның шапаны! Оны жыртқыш ҳайўан жеп кетип, Юсуп тилким-тилким болған екен-ғо, — деди.

  • |Génesis 37:34| Яқып қайғыдан кийимин жыртып, аза кийимин кийип алды ҳәм улы ушын узақ ўақыт аза тутты.

  • |Génesis 37:35| Барлық ул-қызлары оған тәселле берсе де, ол жубанғысы келмей: «Мен улымның жанына, өлилер мәканына усы қайғым менен кетемен», — деп улын жоқлаўды даўам етти.

  • |Génesis 37:36| Сол арада мидянлылар Юсупти Мысырда фараонның сарай хызметшиси Потифарға сатып жиберди. Ол сақшылардың басшысы еди.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.