Génesis


  • |Génesis 50:11| Сол жерде жасайтуғын кенаанлылар Атад қырманындағы азалаў мәресимин көрип: «Мысырлылар қаншелли аўыр аза тутып атыр!» — дести. Сол себепли Иорданның шығысындағы бул жерге Абел-Мисрайым 74 аты берилди.

  • |Génesis 50:12| Яқыптың уллары әкесиниң ўәсиятын толық орынлады.

  • |Génesis 50:13| Оның денесин Кенаан жерине әкелип, Мамреге жақын жердеги Махпела атызындағы үңгирге қойды. Бул үңгирди Ибрайым хетт халқынан болған Эфроннан мазар қылыў ушын атыз бенен бирге сатып алған еди.

  • |Génesis 50:14| Юсуп әкесин жерлеп болғаннан соң, оның өзи, туўысқанлары ҳәм оның менен бирге әкесин жерлеўге барғанлардың ҳәммеси Мысырға қайтты.

  • |Génesis 50:15| Әкеси өлгеннен кейин, Юсуптиң ағалары бир-бирине: «Егер Юсуп бизлерге еле де кек сақлап жүрген болып, оған ислеген жаманлықларымыз ушын бизлерден өш алмақшы болса не қыламыз?» — дести.

  • |Génesis 50:16| Солай етип, олар Юсупке мынадай хабар жоллады: «Әкемиз өлмесинен алдын ўәсият етип,

  • |Génesis 50:17| саған: „Ағаларыңның саған ислеген жаманлығын, олардың айып ҳәм гүнасын кешир“, — деп айтыўымызды тапсырған еди. Енди сен әкеңниң Қудайының қуллары болған бизлердиң гүнамызды кешир!» Юсуп бул хабарды еситкенде жылап жиберди.

  • |Génesis 50:18| Соннан кейин, ағаларының өзлери Юсупке келип, оның алдында жерге жығылып: — Бизлер сениң қулларыңбыз, — деди.

  • |Génesis 50:19| Бирақ Юсуп оларға: — Қорқпаңлар! Мен Қудай емеспен.

  • |Génesis 50:20| Сизлер маған жаманлық ойлаған едиңиз. Бирақ Қудай көп адамлардың өмирин сақлап қалыў ушын, ҳәзир өзлериңиз көрип турғаныңыздай, бул жаманлықты жақсылыққа айландырды.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.