Génesis


  • |Génesis 44:11| Олар дәрҳал қапларын жерге түсирип, аўызларын ашты.

  • |Génesis 44:12| Үй басқарыўшы үлкенинен баслап, кишисине дейин, ҳәммесиниң қапларын тексерип шықты. Кесе Беняминниң қабынан табылды.

  • |Génesis 44:13| Туўысқанлар қайғыдан кийимлерин жыртты ҳәм жүклерин ешеклерине артып, қалаға қайтып барды.

  • |Génesis 44:14| Яҳуда ҳәм туўысқанлары Юсуптиң үйине келгенде, ол еле үйде еди. Олар Юсуптиң алдында жерге жығылды.

  • |Génesis 44:15| Юсуп оларға: — Неге бундай иследиңиз? Мендей адамның пал ашып, билип алатуғынын билмедиңиз бе? — деди.

  • |Génesis 44:16| Сонда Яҳуда: — Мырзамызға бизлер не айта аламыз? Не деп түсиндире аламыз? Өзлеримизди қалай ақлай аламыз? Қудай қулларыңыздың айыбын әшкара етти. Бизлер де, кесе табылған адам да сизге қул боламыз, — деди.

  • |Génesis 44:17| Юсуп: — Яқ, мен бундай ислеўден аўлақпан. Кесе кимнен табылған болса, тек сол маған қул болады. Ал сизлер аман-есен әкеңиздиң алдына қайта бериң, — деди.

  • |Génesis 44:18| Сонда Яҳуда Юсупке жақынырақ келип былай деди: — Мырзам, маған бир сөз айтыўға рухсат етиң. Сиз фараон менен бирдей бийликке ийесиз, қулыңызға ашыўланбаң.

  • |Génesis 44:19| Мырзам, сиз қулларыңыз болған бизлерден: «Әкеңиз ямаса басқа туўысқаныңыз бар ма?» — деп сорағаныңызда,

  • |Génesis 44:20| бизлер сизге: «Ғарры әкемиз ҳәм оның қартайғанда көрген генже улы бар. Оның туўысқаны өлип, анасынан жалғыз қалған еди ҳәм әкемиз оны жақсы көреди», — деген едик.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.