Génesis


  • |Génesis 44:21| Сонда сиз қулларыңыз болған бизлерге: «Оны маған алып келиң, бир көрейин», — деген едиңиз.

  • |Génesis 44:22| Бирақ бизлер сизге: «Бала әкесин таслап кете алмайды. Егер әкеси оннан айырылса, өлип қалады», — деген едик.

  • |Génesis 44:23| Сиз қулларыңыз болған бизлерге: «Егер генже иниңиз сизлер менен бирге келмесе, көзиме көринбең», — деген едиңиз.

  • |Génesis 44:24| Бизлер сизиң қулыңыз болған әкемизге қайтып барғанымызда, сизиң сөзлериңизди оған айтып бердик.

  • |Génesis 44:25| Әкемиз: «Және барып, бизлерге аз-маз азық-аўқат сатып алыңлар», — дегенде,

  • |Génesis 44:26| бизлер оған: «Бара алмаймыз, егер генже инимиз бизлер менен бирге барса ғана, барамыз. Генже инимиз бизлер менен бирге болмаса, ол адамның жүзин көре алмаймыз», — дедик.

  • |Génesis 44:27| Сонда қулыңыз болған әкемиз бизлерге: «Ҳаялым Раҳиланың маған еки ул туўып бергенин билесиз.

  • |Génesis 44:28| Биреўинен айырылдым. Оны бир ҳайўан тилким-тилким етип таслаған, соннан бери оны қайтып көрмедим.

  • |Génesis 44:29| Егер сизлер буны да алып кетсеңиз ҳәм ол бир бәлеге жолықса, онда сизлер мениң ғарры басымды сол қайғы менен өлилер мәканына жибересизлер», — деди.

  • |Génesis 44:30| Енди мен сизиң қулыңыз болған әкемизге қайтып барғанымда, оның жанынан артық көретуғын улы қасымызда болмаса,


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.