-
|Job 38:1| Соннан кейин, Жаратқан Ийе қуйын ишинен Аюпқа былай деди:
-
-
-
|Job 38:2|— Билимсиз сөзлериң менен, Даналық шешимлериме гүман келтиретуғындай, сен ким болыпсаң?
-
-
-
|Job 38:3|Еркек киби белиңди беккем буў, Мен сорайман, сен жуўап бер.
-
-
-
|Job 38:4|Мен жердиң негизин орнатқанда, сен қай жерде едиң? Билетуғын болсаң, маған айт.
-
-
-
|Job 38:5|Оның өлшемин белгилеген ким? Оның үстинен жип тартқан ким? Сен оны билесең-ғо!
-
-
-
|Job 38:6|Жердиң тийкарлары нениң үстине қойылған? Оның иргетасын қойған ким?
-
-
-
|Job 38:7|Сол ўақытта таң жулдызлары бирге қосық айтып, Иләҳий барлықлар 8 қуўаныш пенен қышқырысқан еди.
-
-
-
|Job 38:8|Теңиз жер түбинен атылып шыққанда, Оған қапылар қойып, бөгет басқан ким еди?
-
-
-
|Job 38:9|Мен оған бултларды кийим, Қара түнекти жөргек қылдым.
-
-
-
|Job 38:10|Шегаралар белгилеп, Теңизге тәмбиленген қапылар қойдым.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
