Job


  • |Job 4:1| Сонда теманлы Элифаз Аюпқа былай деди:

  • |Job 4:2| — Егер биреў саған сөз айтпақшы болса, Саған аўыр батпай ма? Ақыры, ким сөйлеўден өзин тыйып тура алады?

  • |Job 4:3| Еслеп көр, сен көплерге тәлим берер, Ҳәлсизлерди жигерлендирип, күш берер едиң.

  • |Job 4:4| Сениң сөзлериң жығылғанға тирек болып, Дизелери қалтырап, ҳәлсирегенлерге күш беретуғын еди.

  • |Job 4:5| Ал енди сол нәрселер өз басыңа түскенде, түскинликке түсип қалыпсаң, Өзиң бахытсызлыққа ушырағанда, руўхың түсип кетипти.

  • |Job 4:6| Қудайдан қорқыўың — исенимиңниң, Минсиз жасаўың — үмитиңниң белгиси емес пе?

  • |Job 4:7| Ойлап көрши: қашан айыпсыз адам набыт болып, Әдил адам жоқ қылынған еди?

  • |Job 4:8| Мениң көргеним мынаў: ким жаўызлықты шүдигарлап, Ғам-қайғы туқымын ексе, соны орып алады.

  • |Job 4:9| Олар Қудайдың үплеген деминен набыт болады, Оның ғәзебиниң даўылынан жоқ болады.

  • |Job 4:10| Арысланлар ақырып, ырылдассын, Бирақ Қудай жыртқыш арысланлардың тислерин сындырады.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.