Job


  • |Job 2:1| Басқа бир күни иләҳий барлықлар Қудайдың алдына және келгенде, Оның дәргайында турыў ушын, шайтан да олар менен бирге келген еди.

  • |Job 2:2| Сонда Жаратқан Ийе шайтаннан: — Сен қай жерден киятырсаң? — деп сорады. Шайтан Жаратқан Ийеге: — Мен жер бетин гезип, оның ҳәмме жерин айланып шықтым, — деп жуўап берди.

  • |Job 2:3| Жаратқан Ийе шайтанға: — Қулым Аюпқа сер салдың ба? Жер бетинде ол сыяқлы минсиз, әдил, Меннен қорқатуғын ҳәм жаманлықтан аўлақ жүретуғын адам жоқ. Қара, ол еле минсизлигинде беккем турыпты. Ал сен болсаң, айыпсыздан айыпсыз оны жоқ қылыў ушын Мени ийтермеледиң, — деди.

  • |Job 2:4| Сонда шайтан: — Етке ет дегениндей, адам өз жаны ушын қолындағысының бәрин береди.

  • |Job 2:5| Қолыңды созып, ет пенен сүйегине зыян тийгизип көр, сонда Аюп жүзиңе тик қарап, нәлет айтады, — деди.

  • |Job 2:6| Жаратқан Ийе шайтанға: — Яқшы, оны сениң қолыңа беремен, тек оның жанын алма, — деди.

  • |Job 2:7| Солай етип, шайтан Жаратқан Ийениң дәргайынан шығып кетти ҳәм Аюпты басынан аяғының ушына дейин аўыртатуғын жара менен қаплап таслады.

  • |Job 2:8| Сонда Аюп күлдиң ортасында отырып, гүзениң сынығы менен жараларын қасып отырған еди.

  • |Job 2:9| Ҳаялы оған келип: — Сен еле минсиз болыўға тырысып атырсаң ба? Оннан да Қудайды нәлетлеп, кейин өлип қала ғойсеш, — деди.

  • |Job 2:10| Аюп оған: Сен ақылсыз ҳаяллар сыяқлы сөйлеп турсаң. Сонда не, бизлер Қудайдан тек жақсылықты қабыл етип, жаманлықты қабыл етпеўимиз керек пе? — деп жуўап берди. Соншама азап шексе де, Аюптың аўзынан гүна болғандай сөз шықпады.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.