-
|Job 18:1| Сонда шуўахлы Билдад былай деп жуўап берди:
-
-
-
|Job 18:2|— Бундай сөзлерди айтыўды қашан тоқтатасызлар? Ақылға келиңлер, соңынан сөйлесемиз.
-
-
-
|Job 18:3|Аюп, сен не ушын бизлерди ҳайўан деп санап турсаң? Не ушын көзиңе ақмақ болып көринип турмыз?
-
-
-
|Job 18:4|Ғәзеп пенен өз жаныңды жарақатлап атырсаң, Сени деп жер бети қаңырап қалып, Жартаслар өз орнынан қозғалыўы керек пе?
-
-
-
|Job 18:5|Дурыс, залымның оты сөнеди, Ҳәтте, ушқыны да қалмайды.
-
-
-
|Job 18:6|Шатырындағы жақтылық қараңғылыққа айланады, Жоқарысында турған шырасы да өшип қалады.
-
-
-
|Job 18:7|Кең қәдемлери қысқарып, Өз жобаларының қурбанына айланады.
-
-
-
|Job 18:8|Өз аяқлары оны торға жетелеп, Өзи барып, шуқырға түседи.
-
-
-
|Job 18:9|Дузақ оны табанынан қысып алып, Тор оны беккем услап алады.
-
-
-
|Job 18:10|Ол ушын жерге бир дузақ жип қойылған, Жолында оны қақпан күтпекте.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
