-
|Job 31:1|Қызларға қумарланып қарамаў ушын, Көзлерим менен келисим дүздим.
-
-
-
|Job 31:2|Аспандағы Қудайдан алатуғын пайым не болады? Жоқарыдағы Қүдирети күшли Қудайдан берилген мийрасым не болады?
-
-
-
|Job 31:3|Ол әдалатсызлардың басына апат, Жаўызлық қылғанлардың басына бәле жаўдырмай ма?
-
-
-
|Job 31:4|Ол мениң жолларымды көрип, Ҳәр бир адымымды санамай ма?
-
-
-
|Job 31:5|Егер мен жалған жолдан жүрип, Аяғым ҳийлеге асықса,
-
-
-
|Job 31:6|Қудай мени туўры тәрезиге тартсын, Ҳәм Ол мениң пәклигимди билсин.
-
-
-
|Job 31:7|Егер аяқларым туўры жолдан тайған, Жүрегим көзлериме бойсынған, Ямаса қолларым ҳарамланған болса,
-
-
-
|Job 31:8|Онда еккен егинимниң өнимин басқалар жесин, Егинлерим тамыры менен суўырылып қалсын.
-
-
-
|Job 31:9|Егер бир ҳаял арқалы жүрегим азғырылса, Қоңсымның қапысы алдында оның ҳаялын аңлыған болсам,
-
-
-
|Job 31:10|Онда мениң ҳаялым басқаның бийдайын тартсын, Басқа еркеклер оның менен жатсын.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
