Job


  • |Job 40:1| Жаратқан Ийе қуйын ишинен Аюпқа және былай деди:

  • |Job 40:2| — Еркек киби белиңди беккем буў, Мен сорайман, сен жуўап бер.

  • |Job 40:3| Сен Мени әдалатсызлықта айыпламақшымысаң? Өзиңди ақлаў ушын мени қараламақшымысаң?

  • |Job 40:4| Сенде Қудайдың, яғный Мениң қүдиретимдей қүдирет бар ма? Даўысың Меники сыяқлы гүркирей ала ма?

  • |Job 40:5| Егер солай болса, онда өзиңди даңқ ҳәм бәлент мәртебе менен безе, Уллылық ҳәм салтанатқа бөлен.

  • |Job 40:6| Ғәзебиңди төгип, шаш, Тәкаббирлерге көз салып, оларды бойсындыр.

  • |Job 40:7| Тәкаббирлерге нәзер салып, оларды диз шөктир. Жаўызларды турған жеринде мылжалап тасла.

  • |Job 40:8| Олардың ҳәммесин бирге топыраққа көм, Жүзин кепинге орап, қараңғы дүньяға байлап қой.

  • |Job 40:9| Сонда оң қолыңның сени қутқарғанын, Мен де мойныма алайын.

  • |Job 40:10| Мына бегемотқа қара, Сени жаратқаным сыяқлы, оны да Мен жараттым. Ол өгиз сыяқлы шөп жейди.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.