Job


  • |Job 1:1| Ус үлкесинде Аюп атлы бир адам жасайтуғын еди. Ол минсиз ҳәм әдил болып, Қудайдан қорқатуғын, жаманлықтан аўлақ жүретуғын адам еди.

  • |Job 1:2| Аюптың жети улы ҳәм үш қызы бар еди.

  • |Job 1:3| Ол жети мың қой, үш мың түйе, бес жүз жуп өгиз, бес жүз урғашы ешек, сондай-ақ, жүдә көп хызметшилерге ийе болып, шығыста жасайтуғынлар арасында ең бай адам еди.

  • |Job 1:4| Аюптың уллары үйлеринде гезек пенен зыяпат берип, өзлери менен ишип-жеў ушын, үш апа-сиңлисин де мирәт ететуғын еди.

  • |Job 1:5| Зыяпат тамам болғаннан кейин, Аюп балаларын шақыртып алып, пәклениў рәсиминен өткеретуғын еди. Ол улларым ишлеринен Қудайға тил тийгизип, гүна ислеп қойған болыўы мүмкин, деп ойлап, азан менен олардың ҳәр бири ушын жандырылатуғын қурбанлық беретуғын еди. Аюп бәрқулла усылай ислейтуғын еди.

  • |Job 1:6| Бир күни иләҳий барлықлар 1 Жаратқан Ийениң алдына келгенде, олар менен бирге шайтан 2 да келген еди.

  • |Job 1:7| Жаратқан Ийе шайтаннан: — Сен қай жерден киятырсаң? — деп сорады. Шайтан Жаратқан Ийеге: — Мен жер бетин гезип, оның ҳәмме жерин айланып шықтым, — деп жуўап берди.

  • |Job 1:8| Жаратқан Ийе шайтанға: — Қулым Аюпқа сер салдың ба? Жер бетинде ол сыяқлы минсиз, әдил, Меннен қорқатуғын ҳәм жаманлықтан аўлақ жүретуғын адам жоқ, — деди.

  • |Job 1:9| Сонда шайтан Жаратқан Ийеге былай деп жуўап берди: — Аюп Сеннен бийкардан-бийкарға қорқады деп ойлайсаң ба?

  • |Job 1:10| Оның өзин, үй-ишин ҳәм барлық ийелигин қорғап жүрген Өзиң емессең бе? Сен оның қолы тийген ҳәр бир иске берекет берип атырсаң. Оның пада ҳәм сүриўлери пүткил үлкеге жайылған.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.