-
|Job 15:1| Сонда теманлы Элифаз былай деп жуўап берди:
-
-
-
|Job 15:2|— Қарнын ыссы самалға толтырғандай, Дана адам бундай ҳаўайы сөзлер менен жуўап бере ме?
-
-
-
|Job 15:3|Пайдасыз сөзлер менен айтысып, Мәниссиз гәплер айтып, тартысар ма еди?
-
-
-
|Job 15:4|Ҳақыйқаттан да, сен Қудайдан қорқыўды шетке ысырып қойдың, Оның алдында дуўа етиўди де болар-болмас нәрсе деп санадың.
-
-
-
|Job 15:5|Гүналарың аўзыңа сөз салып тур, Ҳийлекерлердиң тили менен сөйлеп турсаң.
-
-
-
|Job 15:6|Сени айыплап атырған мен емес, ал өз аўзың, Тилиң өзиңе қарсы гүўалық берип тур.
-
-
-
|Job 15:7|Сен не адамзаттың туңғышымысаң? Ямаса төбелер жаратылмастан да бурын туўылғанбысаң?
-
-
-
|Job 15:8|Қудайдың мәжилисине қатнасып, Оны тыңлап па едиң? Ямаса дана адам тек жалғыз өзиңбисең?
-
-
-
|Job 15:9|Сен билип, биз билмейтуғын не нәрсе екен? Сен түсинип, биз түсинбейтуғын не нәрсе екен?
-
-
-
|Job 15:10|Арамызда ақ шашлылар да, ғаррылар да бар, Олардың жасы сениң әкеңнен де үлкен.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
