Job


  • |Job 10:1| Өмирден тойдым! Енди арзымды еркин айтаман, Ишимдеги ашшы дәрт пенен сөйлеймен.

  • |Job 10:2| Мен Қудайға былай деймен: «Мени айыплама. Мени не ушын айыплап атырғаныңды айт.

  • |Job 10:3| Ямаса мени езиў, Яғный Өз қолларың жаратқаннан бас тартыў, Залымлардың нийетлерин қоллаў Саған унай ма?

  • |Job 10:4| Сениң көзлериң инсанның көзлериндей ме? Ямаса Сен де олар қарағандай қарайсаң ба?

  • |Job 10:5| Сениң күнлериң де инсанның күнлериндей ме? Жылларың адамның жылларындай ма?

  • |Job 10:6| Не ушын мениң гүнамды излеп, Айыбымды табыўға асығасаң?

  • |Job 10:7| Бирақ Сен мениң айыпсыз екенимди, Сениң қолыңнан мени ҳеш кимниң қутқара алмайтуғынын билесең.

  • |Job 10:8| Сениң қолларың мени соғып, жаратты, Бирақ енди мени пүткиллей жоқ қылмақшымысаң?

  • |Job 10:9| Мени ылайдан қалай соққаныңды есле. Енди мени және топыраққа қайтармақшымысаң?

  • |Job 10:10| Сен емес пе, мени анамның қурсағына сүт киби қуйған, Сол жерде мени иримтик киби қойылтқан,


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.