Job


  • |Job 6:1| Сонда Аюп былай деп жуўап берди:

  • |Job 6:2| — Аҳ, егер мениң шегип атырған қайғым өлшенип, Мен көрген апатшылық тәрезиге тартылса еди!

  • |Job 6:3| Олар теңиз қумынан да аўыр болар еди. Сонлықтан ойланбай сөйледим.

  • |Job 6:4| Қүдирети күшли Қудайдың оқлары денеме қадалды, Руўхым олардың зәҳәрин ишпекте, Қудай жиберген қорқыныш маған қарсы сапқа дизилген.

  • |Job 6:5| Қуланның жайлаўда оты мол болса, аңқырар ма еди? Ямаса өгиз ақырының басында мөңирер ме еди?

  • |Job 6:6| Аўқаттың дузсыз дәми бола ма? Ямаса мәйектиң ақ уўызында дәм бар ма?

  • |Job 6:7| Бундай аўқатлардан дәм татқым келмейди, Ондай аўқатлардан жүрегим айныйды.

  • |Job 6:8| Егер тилегим орынланып, Қудай әрманыма жеткизсе еди!

  • |Job 6:9| Қудай мени езип тасласа еди, Қолын созып жанымды алса еди!

  • |Job 6:10| Сонда мен жубаныш табар едим, Қатты аўырып атырсам да, қуўанар едим. Себеби мен мухаддес Қудайдың сөзлеринен жүз бурмадым.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.