-
|Job 6:11|Күшти қайдан табаман күтетуғындай? Ақыбетим не болар сабыр қылатуғындай?
-
-
-
|Job 6:12|Мениң күшим тастан ба еди? Ямаса денем темирден бе еди?
-
-
-
|Job 6:13|Өзиме өзим жәрдем бергендей күшим қалды ма? Табыс та мени тәрк етти.
-
-
-
|Job 6:14|Достына мийрим көрсетиўден бас тартқан адам, Қүдирети күшли Қудайдан қорқыўдан ўаз кешкен адам болады.
-
-
-
|Job 6:15|Досларым, сизлер де қурып қалған сай киби турақсызсыз, Ағып кететуғын сай суўларына уқсайсыз.
-
-
-
|Job 6:16|Олар муз еригенде ылайланып тасып, Қар суўларына толып кетеди.
-
-
-
|Job 6:17|Бирақ қурғақ мәўсимде олардың суўлары тартылып, Ыссыда жоқ болып кетеди.
-
-
-
|Job 6:18|Кәрўанлар суў излеп, бағытын өзгертер, Шөлге кирип кетип, набыт болар.
-
-
-
|Job 6:19|Тема журтының кәрўанлары суў излер, Шеба журтының саўдагерлери үмит пенен қарар.
-
-
-
|Job 6:20|Олар өз үмитине алданар, Сол жерге келип, албырап қалар.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
