Job


  • |Job 11:1| Сонда наамалы Софар былай деди:

  • |Job 11:2| — Сонша көп сөз жуўапсыз қала ма? Көп сөйлеген адам ақлана ма?

  • |Job 11:3| Мылжың гәплериң адамлардың тилин тыйып қойсын ба? Масқаралағаныңда, сени ҳеш ким уялтпасын ба?

  • |Job 11:4| Сен: «Тәлимим минсиз, Өзим де Қудайдың алдында пәкпен», — дейсең.

  • |Job 11:5| Қәне, енди Қудай жуўап берип, Саған қарсы тил қатып,

  • |Job 11:6| Даналықтың сырларын билдирсе еди! Себеби даналық көп қырлы ғой. Билип қой, Қудай гүналарыңның базыларын жеңил жазалайды.

  • |Job 11:7| Қудайдың терең сырларын түсине аласаң ба? Қүдирети күшли Қудайдың шегине жете аласаң ба?

  • |Job 11:8| Қудайдың даналығы аспаннан да бийик, сен не қыла аласаң? Өлилер мәканынан да терең, не биле аласаң?

  • |Job 11:9| Оның өлшеми жерден де узын, Теңизден де кең.

  • |Job 11:10| Егер Қудай келип, зинданға тасласа, Ҳүким етиў ушын шақырса, ким Оған тосқынлық қыла алады?


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.