Job


  • |Job 19:1| Сонда Аюп былай деп жуўап берди:

  • |Job 19:2| — Қашанға шекем мени қыйнап, Сөзлериңиз бенен мени езесиз?

  • |Job 19:3| Мине, мени он мәрте кемситтиңиз, Азар бере бериўге уялмайсызлар ма?

  • |Job 19:4| Егер мениң қәтелескеним ырас болса, Онда ол мениң мойнымда.

  • |Job 19:5| Өзлериңизди меннен жоқары қойып, Шерменде болғанымды бетиме бассаңыз,

  • |Job 19:6| Онда билип қойың: Қудай маған наҳақлық қылды, Өз торын үстиме таслады.

  • |Job 19:7| Мен: «Бул — зорлық», — деп бақырсам да, Ҳеш ким жуўап бермейди. Жәрдемге шақыраман, бирақ әдалатлық жоқ.

  • |Job 19:8| Қудай жолыма бөгет қойды, өте алмайман, Соқпақларымды қараңғылыққа бүркеди.

  • |Job 19:9| Ол мени абырайымнан журдай қылып, Басымнан тажымды шешип алды.

  • |Job 19:10| Мени жән-жақтан қырып жойды, тамам болдым, Ағашты суўырғандай етип, үмитимди түп-тамыры менен суўырып алды.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.