-
|Job 17:1|Руўхым түскен, өмирим аз қалған, Қәбир мени күтип турыпты.
-
-
-
|Job 17:2|Мазақ қылыўшылар әтирапымды орап алған, Олардың қалай хорлық көрсетип атырғанын көрип турман.
-
-
-
|Job 17:3|Қудай, Өзиң маған кепил бола гөр, Сеннен басқа ким бар мени жақлайтуғын?
-
-
-
|Job 17:4|Сен мениң досларымның ақыл-санасын түсинбейтуғын етип жаўып қойдың, Сонлықтан Сен олардың жеңиске ерисиўине жол қоймайсаң.
-
-
-
|Job 17:5|Өз пайдасын гөзлеп, досларын сатқан адамның, Соқырлығының кесапаты балаларына тийеди.
-
-
-
|Job 17:6|Қудай мени адамлардың тилине түсирди, Олар бетиме түкирди.
-
-
-
|Job 17:7|Қайғыдан көзлерим қараўытып, Денемниң сүлдери қалды.
-
-
-
|Job 17:8|Әдил адамлар буны көрип шоршып кетер, Айыпсызлар қудайсызларға қарсы ғәзеп атына минер.
-
-
-
|Job 17:9|Сонда да әдил адамлар өз жолларына берик қалар, Қоллары таза болғанлар беккемленип бара берер.
-
-
-
|Job 17:10|Қәне, сизлер және бир ҳәрекет етип көриң, Бәри бир араңыздан дана адам таба алмаспан.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
