Job


  • |Job 16:1| Сонда Аюп былай деп жуўап берди:

  • |Job 16:2| — Мен бундай нәрселерди көп еситтим, Сизлердиң ҳәммеңиз қандай бийшара жубатыўшысызлар!

  • |Job 16:3| Бос сөзлериңиздиң ақыры бар ма өзи? Тартысыўға сизлерди не мәжбүрлеп тур?

  • |Job 16:4| Егер сизлер мениң орнымда болғаныңызда, Мен де сизлердиң айтқаныңызды айта аламан. Сизлерге қарсы сөз тоқып айтып, Басымды шайқай аламан.

  • |Job 16:5| Бирақ мен сөзлерим менен тәселле берер едим, Ернимниң қыймылдысы менен дәртиңизди жеңиллетер едим.

  • |Job 16:6| Ал ҳәзир сөйлесем де, азабым жеңилленбейди, Сөйлемесем де, ол басылмайды.

  • |Job 16:7| Эҳ, Қудай, Сен мени женшип тасладың, Пүткил үй-ишимди қырып тасладың!

  • |Job 16:8| Жүзимди әжим менен қапладың, Олар маған қарсы гүўалық болмақта, Азғынлығым да маған қарсы турып, Маған қарсы гүўалық бермекте.

  • |Job 16:9| Қудай мени жек көрип, Ғәзеп пенен тилким-тилким етпекте, Тислерин қайрап маған, Душпан көзи менен қарап, мени теспекте.

  • |Job 16:10| Адамлар аўызларын керип ашып, Мени масқаралап, шекеме урды, Олар маған қарсы бирикти.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.