Job


  • |Job 31:31| Егер шатырымдағылар; «Аюп берген гөштен жеп, Қарнын тойғызбаған бар ма?» — деп сорамаған болса,

  • |Job 31:32| Ҳеш бир жолаўшы көшеде түнемес еди, Қапым олар ушын бәрқулла ашық еди.

  • |Job 31:33| Егер басқаларға уқсап, қылмысымды жасырған, Айыпларымды сыр сақлаған болсам,

  • |Job 31:34| Онда мен аламаннан қорққаным ушын, Урыўласларымның қыйнаўынан қорққаным ушын, Үндемей, қапыдан сыртқа шықпаған болар едим.

  • |Job 31:35| Қәне, мени тыңлайтуғын биреў болса еди! Мине, мен айтқанларымды тастыйықлап, мөрледим. Қүдирети күшли Қудай маған жуўап берсин! Қәне енди, душпаным айыплаўын жазып, қолыма берсе еди!

  • |Job 31:36| Сөзсиз, оны ийнимде көтерип, Басыма таждай етип, кийип жүрер едим!

  • |Job 31:37| Мен Қудайға атқан ҳәр бир адымымның есабын берер едим, Ханзада киби Оған жақынласар едим.

  • |Job 31:38| Жерим маған қарсы пәрияд еткен болса, Оның қарықлары да бирге нала қылған болса,

  • |Job 31:39| Пулын төлемей зүрәәтин алған болсам, Оның ийелериниң өлимине себепши болған болсам,

  • |Job 31:40| Онда бийдай орнына тикен, Арпа орнына жабайы шөплер өсип шықсын. Солай етип, Аюптың сөзи ақырына жетти.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.