Job


  • |Job 4:11| Сонда арыслан олжасыз өлип кетеди, Жетим қалған балалары тарап кетеди.

  • |Job 4:12| Маған жасырынша бир сөз келди, Сыбырлысы қулағыма шалынды.

  • |Job 4:13| Түнги тәшиўишли түстен туўған ойлар ишинде, Адамлар қатты уйқыға шүмген ўақытта,

  • |Job 4:14| Мени қорқыў бийлеп алып, қалтыратпа басты, Пүткил денем ләрзеге келди.

  • |Job 4:15| Самал бетимди сыйпап өтти, Сонда төбе шашым тик турды.

  • |Job 4:16| Бир сүлдер турғандай болды, Бирақ мен оның не екенин түсинбедим. Көз алдымда бир тулға пайда болды, Тынышлық ҳүким сүрди ҳәм мен өлпең даўысты еситтим:

  • |Job 4:17| «Басында өлими бар адам Қудайдың алдында әдил бола ала ма? Адам өз Жаратыўшысының алдында пәк бола ала ма?

  • |Job 4:18| Қудай, ҳәтте, Өзиниң аспандағы хызметшилерине де исенбейди, Ҳәтте, периштелеринен де кемшилик табады.

  • |Job 4:19| Сонда тийкары топырақтан болған, Ылайдан жаратылған, Жәнликтей аңсат женшилип қалатуғынларға не болады?

  • |Job 4:20| Олар күн шыққаннан ымырт жабылғанға шекемги аралықта набыт болады, Олардың мәңгиге жоқ болғанын байқамай да қаласаң.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.