-
|Job 38:21|Аўа, сен билесең! Сен олардан бурын туўылғансаң! Жүдә узақ өмир көрип атырсаң!
-
-
-
|Job 38:22|Сен қар сақланатуғын жерге кирдиң бе? Ямаса буршақ сақланатуғын жерди көрдиң бе?
-
-
-
|Job 38:23|Мен оларды апат күнлери ушын, Урыс ҳәм саўаш күнлери ушын сақлап қойыппан.
-
-
-
|Job 38:24|Жақтылықтың қай жерден келип, Шығыс самалының қай жерден басланатуғынын билесең бе?
-
-
-
|Job 38:25|Ким нөсер жаўын ушын арна, Жылдырым ушын жол ашты?
-
-
-
|Job 38:26|Адам жасамайтуғын жерлерге, Бос қалған шөллерге жаўын жаўдыратуғын ким?
-
-
-
|Job 38:27|Керексиз қуў шөлди суўға қандырып, Ол жерлерге шөплер өсиретуғын ким?
-
-
-
|Job 38:28|Жаўынның әкеси бар ма? Шық тамшыларын дүньяға келтирген ким?
-
-
-
|Job 38:29|Муз кимниң қурсағынан шықты? Аспаннан түскен қыраўды ким туўды?
-
-
-
|Job 38:30|Суўлар тастай болып қатып қалады, Теңиздиң бети музлап қалады.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
