-
|Job 38:11|Соңынан оған: «Мына жерге дейин келесең, оннан өтпейсең, Сениң өркөкирек толқынларың усы жерде тоқтайды», — дедим.
-
-
-
|Job 38:12|Сен өмириңде бир мәрте болса да, таңға буйрық бердиң бе? Ямаса таң шуғласына орнын белгилеп бердиң бе?
-
-
-
|Job 38:13|Оған жердиң түп-түпкирлерине жетип барып, Залымларды жасырынған жеринен силкип шығарыўды буйырдың ба?
-
-
-
|Job 38:14|Жер жүзи ылайға мөр басылғандай болып, өзгереди, Кийим кийгендей болып безенеди.
-
-
-
|Job 38:15|Залымлар күн нурынан маҳрум етиледи, Көтерилген қоллары сындырылады.
-
-
-
|Job 38:16|Сен теңиздиң суў көзлерине түсип көрдиң бе? Ямаса теңиз түбин изертлеп көрдиң бе?
-
-
-
|Job 38:17|Саған өлилер мәканының дәрўазалары көрсетилип пе еди? Ямаса қара түнектиң дәрўазаларын көрип пе едиң?
-
-
-
|Job 38:18|Жер кеңислигин түсиндиң бе? Егер булардың ҳәммесин билген болсаң, онда түсиндир!
-
-
-
|Job 38:19|Нурдың мәканына алып баратуғын жол қайда? Ал қараңғылықтың мәканы қай жерде?
-
-
-
|Job 38:20|Оларды өз орнына қайтара аласаң ба? Олардың үйине баратуғын жолды билесең бе?
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
