• |1 Crónicas 12:1| Даўыт Киш улы Шаулдан қашып, Сиклагта жасап жүрген ўақытлары, айырым әскерлер келип, оған қосылды. Урысларда Даўытқа жәрдем берген бул жаўынгерлер

  • |1 Crónicas 12:2| Бенямин урыўынан, Шаулдың ағайинлеринен еди. Бул садақшылар оқ жай менен қуралланған болып, оң қолы менен де, шеп қолы менен де оқ жай тартып, сақпанда тас ататуғын еди.

  • |1 Crónicas 12:3| Олардың басшысы гибалы Шеманың улы Ахиезер болып, иниси Иоаш оның жәрдемшиси еди. Басқа жаўынгерлер: Азмаўеттиң уллары Езиел ҳәм Пелет, сондай-ақ, Бераха ҳәм анатотлы Еҳу,

  • |1 Crónicas 12:4| отыз батырдың биреўи, яғный олардың басшысы гибонлы Ишмая, сондай-ақ, Еремия, Яхазиел, Юханан, гедералы Иозабад,

  • |1 Crónicas 12:5| Элузай, Еримот, Беалия, Шемария, харуфлы Шефатия,

  • |1 Crónicas 12:6| Қорахтың урпағынан болған Элқана, Ишшия, Азарел, Иоезер, Яшобам,

  • |1 Crónicas 12:7| гедорлы Ерохамның уллары Иоела ҳәм Зебадия.

  • |1 Crónicas 12:8| Даўыт шөлдеги қорғанда болғанда, гадлылардың биразы оған қосылды. Олар урысқа таяр мәрт жаўынгерлер болып, қалқан ҳәм найзаны ислете алатуғын еди. Олардың жүзлери арысландай айбатлы, өзлери таўлардағы кийик киби шаққан еди.

  • |1 Crónicas 12:9| Олардың басшысы Эзер еди. Екиншиси Обадия, үшиншиси Элиаб,

  • |1 Crónicas 12:10| төртиншиси Мишманна, бесиншиси Еремия,


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.