-
|1 Crónicas 14:1| Тир патшасы Хирам Даўытқа елшилер, соның менен бирге сарай қурылысы ушын кедр ағашларын, тас қалаўшыларды ҳәм ағаш усталарын жиберди.
-
-
-
|1 Crónicas 14:2| Сонда Даўыт Жаратқан Ийениң өзин Израил патшасы етип тастыйықлағанын ҳәм Өз халқы Израил ушын оның патшалығын уллы даңққа еристиргенин түсинди.
-
-
-
|1 Crónicas 14:3| Даўыт Ерусалимде және бир неше ҳаяллар алды ҳәм олардан да ул-қызлар көрди.
-
-
-
|1 Crónicas 14:4| Даўыттың Ерусалимде туўылған перзентлериниң атлары мыналар: Шаммуа, Шобаб, Натан, Сулайман,
-
-
-
|1 Crónicas 14:5| Ибхар, Элишуа, Элпелет,
-
-
-
|1 Crónicas 14:6| Ногаҳ, Нефег, Яфиа,
-
-
-
|1 Crónicas 14:7| Элишама, Белияда, Элифелет.
-
-
-
|1 Crónicas 14:8| Филистлер Даўыттың майланып, Израилға патша етип қойылғанын еситкенде, пүткил филист әскерлери Даўытты қолға түсириў ушын излеп кетти. Буны еситкен Даўыт оларды қарсы алыўға шықты.
-
-
-
|1 Crónicas 14:9| Филистлер келип, Рефаим ойпатлығына шабыўыл жасады.
-
-
-
|1 Crónicas 14:10| Даўыт Қудайдан: — Филистлерге қарсы жүрис қылайын ба? Оларды маған тәслим етесең бе? — деп сорады. Жаратқан Ийе: — Аўа, жүрис қыл. Оларды саған тәслим етемен, — деди.
-
-
Portugués
Italiano
Español
Inglés
Francés
Arábica
Mandarín
Hindi
Alemán
Карақалпақ тилиндеги Мухаддес Китап
