• |1 Crónicas 13:1| Даўыт барлық басшылары, мыңбасылары ҳәм жүзбасылары менен мәсләҳәтлести.

  • |1 Crónicas 13:2| Соңынан ол пүткил Израил жәмийетине былай деди: «Егер бул сизлерге мақул болса ҳәм Қудайымыз Жаратқан Ийениң еркине сай болса, онда Израил жериниң ҳәр тәрепинде жасап атырған туўысқанларымызға ҳәм қалалары менен жайлаўлары әтирапында жасап атырған руўханийлер менен лебийлилерге хабаршылар жиберейик. Олар да келип, бизлерге қосылсын.

  • |1 Crónicas 13:3| Қудайымыздың сандығын өзлеримизге қайтарып алып келейик. Өйткени Шаулдың дәўиринде Қудайдың еркин билиўде оннан пайдаланбадық».

  • |1 Crónicas 13:4| Бул усыныс пүткил жәмийетке мақул түсти, себеби пүткил халық нәзеринде бул ис туўры еди.

  • |1 Crónicas 13:5| Солай етип, Даўыт Қудайдың Келисим сандығын Кирят-Яримнен алып келиў ушын, Мысырдағы Шихор дәрьясынан Лебо-Хаматқа дейинги жерлерде жасайтуғын барлық израиллыларды жыйнады.

  • |1 Crónicas 13:6| Кейин Даўыт ҳәм барлық израиллылар керублар арасында тахт қурған Жаратқан Ийениң аты менен аталған Қудайдың Келисим сандығын алып келиў ушын, Яҳудадағы Баала қаласына, яғный Кирят-Яримге кетти.

  • |1 Crónicas 13:7| Олар Қудайдың сандығын Абинадабтың үйинен алып, таза бир арбаға қойды. Арбаға жегилген өгизлерди Узза менен Ахйо жетеклеп жүрди.

  • |1 Crónicas 13:8| Ал Даўыт ҳәм пүткил Израил халқы Қудайдың алдында қосықлар айтып, лира, арфа, дәп, кимбал ҳәм кәрнай шертип, бар күши менен шадлыққа бөленип киятырған еди.

  • |1 Crónicas 13:9| Олар Кидонның қырман жерине жеткенде, өгизлер сүрнигип кетти ҳәм қулап кетпеўи ушын Узза қолын созып, сандықты услады.

  • |1 Crónicas 13:10| Сонда Уззаға қарсы Жаратқан Ийениң ғәзеби лаўлады ҳәм сандыққа қолын созғаны ушын, оны өлтирди. Узза сол жерде, Қудайдың алдында жан тапсырды.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.