• |1 Crónicas 7:1| Иссахардың Тола, Пуа, Яшуб ҳәм Шимрон деген төрт улы бар еди.

  • |1 Crónicas 7:2| Толаның уллары: Уззий, Рефая, Ериел, Яхмай, Ибсам ҳәм Самуел. Олар өз әўладларының басшылары еди. Даўыт патшалық еткен дәўирде, Тола урпақларының шежиресинде олардан жигирма еки мың алты жүз мәрт жаўынгер есапқа алынған.

  • |1 Crónicas 7:3| Уззийдиң улы Израхия. Израхияның уллары: Михаил, Обадия, Иоел ҳәм Ишшия. Олардың бесеўи де әўлад басшылары еди.

  • |1 Crónicas 7:4| Олардың ҳаяллары да, балалары да көп болғанлықтан, әўладының шежиреси бойынша оларда урысқа жарамлы отыз алты мың адам бар еди.

  • |1 Crónicas 7:5| Урыў шежиреси бойынша, Иссахар урыўының тийрелеринен сексен жети мың мәрт жаўынгер есапқа алынған.

  • |1 Crónicas 7:6| Беняминниң үш улы бар еди: Бела, Бехер ҳәм Едиаел.

  • |1 Crónicas 7:7| Беланың бес улы бар еди: Эсбон, Уззий, Уззиел, Еримот ҳәм Ирий. Олардың бесеўи де әўлад басшылары еди. Олардың шежиресинде жигирма еки мың отыз төрт мәрт жаўынгер дизимге алынған еди.

  • |1 Crónicas 7:8| Бехердиң уллары: Земира, Иоаш, Элиезер, Элйоенай, Омрий, Еремот, Абия, Анатот ҳәм Алемет. Булардың ҳәммеси Бехердиң уллары еди.

  • |1 Crónicas 7:9| Олардың шежиресинде әўлад басшылары ҳәм жигирма мың еки жүз мәрт жаўынгер дизимге алынған.

  • |1 Crónicas 7:10| Едиаелдиң улы: Билҳан. Билҳанның уллары: Еуш, Бенямин, Эҳуд, Кенаана, Зетан, Таршиш ҳәм Ахишахар.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.