• |1 Crónicas 10:1| Филистлер израиллылар менен урысып атырған еди. Израиллылар филистлердиң алдына түсип қашып, көпшилиги Гилбоа таўында набыт болды.

  • |1 Crónicas 10:2| Филистлер Шаул менен оның улларының изине түсип, Шаулдың уллары Ионатанды, Абинадабты ҳәм Малкий-Шуаны өлтирди.

  • |1 Crónicas 10:3| Шаулдың әтирапында саўаш ҳәўиж алған еди. Сонда садақшылар тәрепинен атылған оқ Шаулға тийип, ол жарақатланды.

  • |1 Crónicas 10:4| Шаул өз нөкерине: «Қылышыңды қынабынан суўырып ал да, мени өлтир. Болмаса, мына сүннетсизлер келеди де, мени хорлайды», — деди. Бирақ нөкери қатты қорқып, буны ислемеди. Сонлықтан Шаул қылышын қынынан суўырып алып, өзин қылыштың үстине таслады.

  • |1 Crónicas 10:5| Нөкери Шаулдың өлгенин көргенде, ол да қылышының үстине өзин таслап өлди.

  • |1 Crónicas 10:6| Солай етип, Шаул менен оның үш улы да қаза тапты ҳәм пүткил шаңарағы олар менен бирге қурып кетти.

  • |1 Crónicas 10:7| Ойпатлықта жасайтуғын барлық израиллылар Израил әскерлериниң қашқанын ҳәм Шаул менен оның улларының өлгенин көргенде, өз қалаларын таслап, қаша баслады. Филистлер келип, сол қалаларға орналасып алды.

  • |1 Crónicas 10:8| Келеси күни филистлер өлгенлерди тонаў ушын келгенде, Гилбоа таўында Шаулдың ҳәм оның улларының өлигин тапты.

  • |1 Crónicas 10:9| Олар Шаулдың кийимлерин шешип, басын ҳәм қурал-жарақларын алды. Соңынан бул хабарды бутханаларына ҳәм халқына жеткериў ушын, филистлердиң жерлериниң ҳәммесине хабаршылар жиберди.

  • |1 Crónicas 10:10| Олар Шаулдың қурал-жарақларын өз қудайларының бутханасына қойып, басын Дагонның бутханасына илдирип қойды.


COOKIES

Usamos cookies para brindarle una mejor experiencia, mejorar el rendimiento, analizar cómo interactúa en nuestro sitio web y personalizar el contenido. Al utilizar este sitio web, acepta el uso de cookies.

Datos Esenciales

Se necesitan datos esenciales para ejecutar el sitio web que está visitando. No puede deshabilitarlos.